Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы

НЕЙРОХИРУРГИЯ БОЙЫНША ЛЕКЦИЯ (МАСТЕР КЛАСС) ӨТКЕРИЛДИ

Ташкент қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қыстаўлы нейрохирургия ҳәм қурамалы жарақатлар бөлими баслығы, профессор Махкамов Козим Эргашевич тәрепинен Қарақалпақстан медицина институтында нейрохирургия бойынша лекция (мастер класс) өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасындағы барлық қала ҳәм районлардың емлеў-профилактикалық мәкемелеринен нейрохирург, невропатолог шыпакерлер ҳәм усы институттың студентлери, клиникалық ординаторлары қатнасында өткен бул сабақта нейрохирургияда заманагөй тексериў ҳәм емлеў усыллары сөз етилди.

Лекция сабағы сораў-жуўаплар тәризинде даўам етип, жыйналғанлар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Мине усындай ушырасыў ҳәм сабақлардың шөлкемлестирилиўи кадрлардың ҳәм медицина тараўында билим алып атырған студентлердиң билим ҳәм көнликпелерин еле де асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

 

Skip to content