Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы

Америкадан Қарақалпақстан ушын гуманитар жүк келип баслады

Өзбекстанның АҚШ ҳәм Канададағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Жавлон Вахабов басшылығында өзбек дипломатлары қатнасында АҚШ, Вашингтон штатының Сиетл қаласынан Қарақалпақстан халқы ушын Американың «Project C.U.R.E.» компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилген қайырқомлық жойбары шеңбериндеги биринши гуманитар жәрдем «Boeing» компаниясы заводында ислеп шығарылған «Dreamliner» самолётында Ташкентке келди.

Гуманитар жәрдемниң қуны 3 миллион доллар болып, ол медициналық әсбап-үскенелер, яғный операцион столлар, гемодиализ аппаратлары, УЗИ, рентген сканерлери, нәрестелер ушын инкубаторлар, дефибрилляторлар, лаборатория приборлары, СРАР-терапия аппаратлары, наркоз-дем бериў аппаратлары ҳәм т.б. үскенелерди өз ишине алған он контейнерди қурайды. Бул келисим 2019-жылда елшихана баслығы ҳәм «Project C.U.R.E.» президенти Дуглас Жексон арасында дүзилген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги сораўына муўапық, «Project C.U.R.E.» тәрепинен шөлкемлестирилген бул гуманитар жүк дерлик 6 тоннаға тең. Бул гуманитар жүклерди алып келиўде бирге ислесип атырған «Boeing» компаниясы вице-президенти Монта Фрейзер Өзбекстан менен стратегиялық шерикликти даўам еттириўин тастыйықлаған ҳалда «Project C.U.R.E.» жойбарына 100 мың АҚШ доллары муғдарындағы қаржы киргизди. Бул қаржы Арал бойы халқы ушын нәўбеттеги гуманитар жәрдемди жеткериўде пайдаланылады.

Медициналық үскенелер менен тәмийинленген гезектеги төрт контейнердеги гуманитар жәрдем жүги болса жаз мәўсими ақырына дейин Арал бойы регионына келиўи күтилмекте.

Skip to content