ӨзР Денсаўлықты сақлаў министри Қарақалпақстандағы емлеў орынларының искерлигин үйренди
Медицина тараўын заман талаплары дәрежесинде раўажландырыў ушын жақсы баслама ҳәм идеялар, креатив жантасыўлар керек. Буның ушын, әлбетте, емлеў орынларының жағдайын ҳәм искерлигин көзден өткериў ҳәм үйренип шығыў лазым болады.
Усы мақсетте ӨзР Денсаўлықты сақлаў министри Беҳзад Мусаев Қарақалпақстан Республикасына келип, бир қатар медициналық мәкемелер искерлиги менен танысты. Соның ишинде, министр тәрепинен О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы, Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайы ҳәм В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалының искерлиги көзден өткерилди. Емлеў орынларында жаратылған шараятлар ҳәм наўқаслардың ҳалынан хабар алынып, тийисли усыныслар берилди.
Соның менен бирге, ӨзР Денсаўлықты сақлаў министри Б.Мусаев коронавирус инфекциясы ақыбетлерин сапластырыў ушын арнайы шөлкемлестирилген Арқа-батыс әскерий округи аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медицина комплексин барып көрди. Оған муўапық, комплекстиң жайласыў тәртиби, эпидемияларға таярлығы ҳәм медицина хызметкерлериниң потенциалы ҳәр тәреплеме үйренилди. Усы тийкарда жергиликли жуўапкер хызметкерлерге тийисли көрсетпелер берип өтилди.
2020 - 2025© Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы