Телемедицинаны раўажландырыў бойынша Германияның Халықаралық бирге ислесиў жәмийетинен экспертлер Қарақалпақстанға келди ҳәм ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов пенен ушырасты. Ушырасыўда ҳәзирги заманагөй медицинаның әҳмийетли жөнелислеринен болған телемедицинаны Қарақалпақстандағы емлеў орынларында, әсиресе қыстаўлы медициналық жәрдем хызметинде раўажландырыў мәселелери талқыланды.
Буннан кейин германиялы экспертлер Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына барды ҳәм ол жерде телемедицинаға жаратылған шараятлар менен танысты. Танысыўлар барысында экспертлер өзлериниң баҳалы усынысларын, пикирлерин берди.
2020 - 2025© Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы