GIZ (Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети)диң «Өзбекстанда жетекши медициналық технологияларды басқарыў» жойбары шеңберинде Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы лапароскопиялық симуляция үскенелери, тренажёрлар, сондай-ақ, аралықтан оқытыў ушын монитор ҳәм компютер менен үскенеленди.
Симуляция үскенелери филиал хирургларына өз наўқасларына еле де жақсы медициналық жәрдем көрсетиў ушын эндоскопиялық хирургия бойынша көнликпелерин раўажландырыў ҳәм жақсылаў имканын береди. Буннан тысқары, жас қәнигелер жетекши қәнигелер басшылығында заманагөй оқытыў технологияларынан пайдаланыў имканиятына да ийе болып, кейиншелли олар эндоскопиялық хирургия тараўында қәниге болып жетисиўине жәрдем береди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
2020 - 2025© Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы