Республикалық Қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайыныӊ Қарақалпақстан филиалына Жәҳән Банкиниң финанслық тәрепинен қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде жәми 1 миллиард 598 миллион 373 мыӊ 218 сумлық Германияда ислеп шығарылған еки заманагөй Karlz Storz SE & Co лапароскоп аппараты ҳәм оныӊ инструментлер топламы, Колонофиброскоп (193млн 801 мын сум), Фиброгастроскоп (421 млн 768 мың сум), Фиброоптический бронхоскоп (152 млн 679 мың сум) ҳәм Видеодуоденоскоп (385 млн 243 мың сум) алып келинди.
2022 жыл 12-ноябрь сәнесинен пайдаланыўға тапсырылған медициналық аппарат жәрдеминде бүгинги күнге шекем 100 ге жақын хирургиялық әмелият ҳәм 30 дан зыят гинекологиялық операция табыслы әмелге асырылды, – дейди усы орайдыӊ хирургия бөлими баслығы Б.Тилеумуратов. – Заманагөй аппараттыӊ абзаллықлары жүдә көп болып, онда гинекологиялық, урологиялық хирургиялық әмелиятларды әмелге асырыў мүмкиншилиги жаратылған. Операциядан кейин наўқаслардыӊ тез арада тәўир болыўын, яғный, жарақат орынларыныӊ аз болыўын ҳәм тез питиўин тәмийинлейди.
Ал заманагѳй эндоскопиялық асбап-ускенелер Колонофиброскоп, Фиброгастроскоп Фиброоптический бронхоскоп, Видеодуоденоскоплар наўқасларда кеселликлердиң ерте басқышларында анықлап диагноз қойыў ҳәм емлеў илажларын ѳткериўге кең имканият жаратады.
Бундай шараятларды жаратып бергени ушын Жәҳән Банкине ѳзлеримиздин улкен миннетдаршылығымызды билдиремиз!!!
2020 - 2025© Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы