Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы

Ташкент қаласындағы РҚМЖИО қәнийгелери де Қарақалпақстанда бириншилер қатарында бүйрек трансплантациясын нәтийжели әмелге асырды!

Бүгин Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалында орайдың маман қәнигелери медицина илимлери докторы, профессор Фарҳод Хаджибаев, медицина илимлери кандидатлары Пулат Султанов, Дилмурад Пулатов ҳәм Дилшод Эргашевлар, сондай-ақ, орай филиалының шыпакерлери хирурглар Бабурбек Тлеумуратов, Арысланбек Утениязов, анестезиолог ҳәм реанимотологлар В.Я. Ким Л.В. Тен, Бакир Айтековлар қатнасында бүйрек көширип өткизиў операциясы табыслы өткерилди.

Маман қәнигелер тәрепинен 1974-жылы туўылған наўқас Бабамурат Нурметовқа бүйрек трансплантациясы әмелияты алып барылып, оған 25 жаслы қызы Мавлуда Муҳаммадова өз бүйрегин берди. Ол созылмалы бүйрек кеселлигиниң ақырғы басқышы менен аўырып атырған, өмири турақлы тәризде алынып атырған дәстүрий гемодиализ емлеў усылларына байланыслы болып қалған әкесиниң саламатлығын тиклеўге үлес қосыў оның перзентлик миннети екенлигин терең сезинди.

— Бүйрек жетиспеўшилигиниң раўажланыў дәрежеси бес басқышқа бөлинеди, — дейди Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы бөлим баслығы, медицина илимлери докторы, профессор Фарҳад Хаджибаев. — Кеселлик бесинши дәреже — терминал басқышқа жеткен болса, яғный бүйрек искерлиги кескин төменлеп кетип, организм талапларына толық жуўап бере алмай қалса ҳәм хирургиялық әмелиятын өткериўге тосқынлық етиўши факторлар болмаса, бүйрек трансплантациясын әмелге асырыў тийис. Улыўма алғанда, созылмалы бүйрек жетиспеўшилигиниң терминал басқышында наўқаслар өмирин сақлап қалыў ушын бүйректиң орнын басатуғын терапиясы әмелге асырылады. Бул терапия гемодиализ, перитонеал диализ ҳәм бүйрек трансплантациясын өз ишине алады. Бүйрек трансплантациясының қалған еки емлеў усылынан абзаллығы сонда, наўқастың өмир көриў даўамлылығы 1,5-2 есеге асады. Гемодиализде наўқас «жасалма бүйрек» аппаратына байланыслы болып қалады, ҳәрекетлениўи шекленеди, турмыс сапасы бузылады. Буннан тысқары, гемодиализ емлеў усылы әдеўир қымбат процедура есапланып, дәри-дәрмақлары, диализатор аппаратларына сарыпланатуғын шығынларға қарағанда, бүйрек көширип өткизиў әмелияты бирнеше есе арзанлаў да болады.

Ертең 18 сентябрь күни болса және бир наўқас, бирақ енди әке өз қызының саламатлығы жолында әкелик парызын атқарып донор болады. Хирургиялық әмелияттан кейин қызының әдеўир жақсыланыўын ойлап атырған әке үлкен қуўанышта.

Перейти к содержимому