Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы

Қыстаўлы ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиў

Қыстаўлы ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиў ҳалатларында медицина хызметкерлериниң маманлығы асырылып барылғаны үлкен пайда береди. Әсиресе, бунда мәмлекетимиздеги қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў орайлары қәнигелериниң өзара тәжирийбе алмасып ҳәм әмелий жәрдем көрсетип барыўы дыққатқа ылайық.

Усы мүнәсибет пенен Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы бас директоры, медицина илимлери докторы Д.Б.Туляганов Төрткул районлық медицина бирлеспесинде Президентимиз басламасы тийкарында шөлкемлестирилген «Районлараралық политравма ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайы»на келип, орайдың искерлиги менен танысты. Танысыўлар барысында наўқаслардың жағдайлары үйренилди ҳәм орай шараятында оларды емлеў бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.

Перейти к содержимому