Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы

ДАҒАЗА !!!

ДАҒАЗА !!!

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қабыллаў комиссиясы ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 19.07.2021 күнги №172-санлы буйрығына тийкарланып 7 қәнигелик бағдары бойынша клиникалық ординатураға ҳүжжетлерди онлайн ҳәм оффлайн тәризинде қабыл етиўин дағазалайды.

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис филиалына клиникалық ординатура бойынша қәнигелик бағдарлар:

1. Анестезиология-реаниматология – 2 орын (ҳәкимлик төлеў контракти);
2. Хирургия – 4 орын (2 ҳәкимлик төлеў контракт, 2 еркин төлеў контракт)
3. Травматология ва ортопедия – 2 орын (ҳәкимлик төлеў контракти);
4. Терапия – 2 орын (ҳәкимлик төлеў контракти);
5. Педиатрия – 2 орын (ҳәкимлик төлеў контракти);
6. Балалар анестезиология вареаниматологиясы – 2 орын (ҳәкимлик төлеў контракти);
7. Қыстаўлы медициналық жәрдем – 2 орын (ҳәкимлик төлеў контракти).

Клиникалық ординатураға тапсырыўда төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:

1. РҚМЖИО ҚҚ филиалы директоры С. М. Бегалиев атына арза;
2. Паспорт нусқасы;
3. Диплом ҳәм оның қосымшасының нусқалары;
4. Өмирбаян;
5. Шет тили бойынша халықаралық сертификатлар (егер бар болса);
6. Мийнет дәптершеси (егер алдын мийнет искерлигин алып барған болса);
7. Медициналық көриктен өткенлиги туўралы мағлыўматнама (086-У-форма);
8. 3х4 фотосуўрет (8 дана).

Ҳүжжетлер телеграмм мәнзилде +998905755684 номери арқалы қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддети 2021-жыл 21-августқа дейин.

Қабыллаў бойынша жуўапкер: А. Карлыбаев

Мағлыўмат ушын телефон: (61) 222 93 70

Филиал сайты: http://kkf.rncemp.uz/ru/

Оқыў дәўири 2 жыл даўамында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий
орайының Қарақалпақстан филиалында өтеди.

Перейти к содержимому