Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы

Нөкис қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы жаңа имаратының ашылыў салтанаты болып өтти

Ашылыў салтанатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен тараў хызметкерлерин қутлықлады ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен бундай медициналық орай Өзбекстан көлеминде биринши болып, Қарақалпақстанда бой тиклегенин атап өтти. Айтып өтиў орынлы елимизде барлық тараўлар қатарында денсаўлықты сақлаў тараўында да үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Тараўды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар, белгилеп берилген ўазыйпалар кең көлемли жумысларға беккем тийкар болып хызмет етпекте. Усындай ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында бүгин Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары менен ажыратылған 61 млрд. сум қаржы тийкарында 4 қабатлы етип қурып питкерилген жаңа имарат заманагөй медициналық әсбап-үскенелер ҳәм зәрүрли инвентарьлар менен тǝмийинленди. Жаратылған мүмкиншиликлер нәтийжесинде усы күнге шекем Ташкент қаласында өткерилип келинген айырым қурамалы операцияларды Орайда өткериў имканияты жаратылды. Имарат 130 орынға мѳлшерленген болып, буннан тысқары, қосымша 50 орын шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте. Сондай-ақ, сырт елдиң тәжирийбели шыпакерлери емлеўханаға келиўи ҳәм айырым қурамалы операциялардың жасалма интелект жәрдеминде әмелге асырылыўы, Орай шыпакерлериниң Европа ҳәм басқа да дүнья еллерине тәжирийбесин арттырыў мақсетинде жиберилиўи ҳәм усы тийкарда Орайдың өзинде шет елден келген тәжирийбели шыпакерлерден мастер-класслар шөлкемлестирилиўи күтилмекте. Ашылыў мәресими даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы Орайда жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты

Skip to content