Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги “2021-2023-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4936-санлы қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 2021-жылдан Қарақалпақстан Республикасында 8 денсаўлықты сақлаў объектин жаңадан қурыў, реконструкция ислери режелестирилип, бул объектлердиң жойбар-смета ҳүжжетлери толық таярланып, мәмлекет экспертизасы жуўмақлары алынды.
Жаңадан қурылып атырған денсаўлықты сақлаў объектлериниң ишинде Республикалық қыстаўлы тез медициналық жәрдем илимий орайының Нөкис филиалы да бар болып, оның жаңа имаратының қурылыс жумыслары менен танысыў мақсетинде ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов қурылыс майданына барды. Үйрениўлер барысында бар болған машқалаларды сапластырыў бойынша көрсетпелер ҳәм қосымша усыныслар берилди.
Республикалық қыстаўлы тез медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис филиалы (қабыллаў диагностика, 40 орынлы хирургия бөлими, 25 орынлы нейрохирургия, 25 орынлы травматология, орайласқан стрилизация бөлими ҳәм биохимиялық лаборатория бөлимлери) ушын 18 миллиард 760 миллион 300 мың сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жедел даўам етпекте.
2020 - 2025© Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы