Медицина тараўында қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў баслы ўазыйпалардың бири есапланады. Өйткени, көбинесе аўыр аўҳалдағы наўқаслар қыстаўлы медициналық жәрдемге мүтәж болады ҳәм бунда олардың ҳәр тәреплеме толық ҳәм өз ўақтында жәрдем алыўы ушын материаллық-техникалық базаның әҳмийети үлкен.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы «Эзгу амал» жәмийетлик қайырқомлық фонды басламасы менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң «Ўзбекистон билан бирдамлик» жойбары жәрдеминде Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалында жәми баҳасы 55 162 АҚШ долларлық жаңадан кислород станциясы иске қосылды. «Ўзбекистон билан бирдамлик» жойбарының белсендилери Мариника Бабаназарова ҳәм Шерзод Кенжебаевлар тәрепинен кислород станциясы ушын Өзбекстан ҳәм сырт еллердеги жерлеслеримизден қайырқомлық қаржылары жыйналды. Бул кислород станциясын орнатыўда қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў ушын ҚР Жоқарғы Кеңеси тәрепинен 309 миллион сумнан артық қаржы ажыратылды.
Алдын филиалда кислород баллонларда басқа жерден алып келинип, бул әдеўир ўақыт ҳәм қаржыны талап етер еди. Енди болса, филиал кислород пенен үзликсиз тәмийинленеди. Сондай-ақ, айрықша жағдайларда кислород тәмийнатының үзилип қалмаўына да итибар берилип, алдын ала толтырылып қойылған баллонлар автомат тәризде филиалды кислород пенен тәмийинлейди.
Бүгин усы станцияның ашылыў мәресими болып өтип, оған «Эзгу амал» жәмийетлик қайырқомлық фондының Қарақалпақстандағы ўәкили Замира Клычева, «Ўзбекистон билан бирдамлик» жойбарының белсендиси Мариника Бабаназарова, ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Акмал Асқаров ҳәм филиал директоры Саламат Бегалиевлер қатнасты. Ашылыў мәресиминде Мариника Бабаназарова сөзге шығып, бул кислород станциясының филиалға алып келиниўи ҳәм оның қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдеги әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
Илаж барысында ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Акмал Асқаров ҳәм филиал директоры Саламат Бегалиевлер «Эзгу амал» жәмийетлик қайырқомлық фондына өз миннетдаршылығын билдирди.
2020 - 2025© Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илмий орайы Қарақалпақстан филиалы